Және бир санитариялық қағыйда ҳәм нормалар дүнья стандарталарына сәйкеслендирилди

“Радиочастоталардыӊ электромагнит майданлары дәреклери менен ислесиўдиӊ санитариялық қағыйдалары ҳәм нормалары” (0060-23-санлы СанҚваН) жаӊа редакцияда ислеп шығылды.
Хош, радиочастоталар дегенимиз не?
Радиочастоталар (радиотолқынлар) – белгилер, сигналларды, жазба текст, көринислер ҳәм даўысларды узатыў яки қабыл етиў мақсетинде космоста жасалма толқын өткергишсиз тарқатылатуғын, шәртли түрде үш мыӊ гигагерцтен азлаў қабыл етилген частоталы электромагнитли толқынлар есапланады.
Ҳәзирги күнде өлшеў үскенелериниӊ сезиўшеӊлиги артқанлығы себепли еӊ киши электромагнит майдан көрсеткиши 60 килогерцтен 3 килогерцке шекем азайтылды.
Ҳуқықый норма ҳәм санитариялық қағыйдалар, нормалары ҳәм гигиена нормативлери предметине тийисли болмаған ҳәм ескирген статьялар алып тасланған. Атап айтқанда, санитария қағыйдаларыныӊ мәжбүрийлиги, басқа ҳүжжетлерде итибарға алыў зәрүрлиги, радиочастота дәрек үскенелериниӊ түрлери, өлшеў үскенелериниӊ “Өзстандарт” гүўалығы болыўы, изотоп датчикли өлшеў әсбапларын қолланыў зәрүрлиги, инженер-техникалық илажлар. Сондай-ақ, ескирген өлшеў әсбапларыныӊ атамалары алып тасланған.
Буннан тысқары, Россия Федерациясы ҳәм Беларусь Республикасы СанҚҳНлары менен сәйкеслендирилген.
Жумыс орынларындағы энергия экспозициясыныӊ, электромагнит майданларыныӊ күшлениўи ҳәм энергия ағымыныӊ рухсат етилмеген максимал дәрежелери халықаралық талапларға сәйкеслендирилген. Электромагнит майдан көрсеткишлерин өлшеў даўамлылығы, өлшеў қуралларына болған талаплар, инструментал қадағалаўға таярлық ҳәм қадағалаў өткериў тәртиби келтирилген.
ӨзА