Республика медицина шөлкемлеринде орынланатуғын жоқары технологиялы операциялардыӊ түри 1 500 ге жеткериледи

Мәмлекетимизде қәнигелестирилген медициналық жәрдем көлемин және де кеӊейтиў режелестирилмекте.
“Халық саламатлығы — 2030” стратегиясы жойбарына бола, район/қалалар дәрежесинде қәнигелескен жәрдем көлемин көбейтиў арқалы бул аймақларда жасаўшы халықтыӊ ўәлаят орайларына медициналық жәрдем алыў бойынша мүрәжатларын 50 процентке (жылына орташа 7 проценттен) қысқартыў мөлшерленбекте.
Сондай-ақ, ўәлаятлық медицина шөлкемлеринде орынланатуғын жоқары технологиялық операциялардыӊ үлеси 40 процентке арттырылады.
Республика медицина шөлкемлеринде әмелге асырылатуғын жоқары технологиялық операциялардыӊ түри 1 500 ге жеткериледи.
Буннан тысқары, 12 Республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий орайлардыӊ клиникаларын көп тармақлы емлеўханаларға айландырыў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги