“Тез жәрдем” заманагөй электромобильлер менен тәмийинленеди
337

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ мәлимлеме хызметиниӊ мәлим етиўине бола, Өзбекстанда медицина шөлкемлериниӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў жумыслары мөлшерленбекте.
“Халық саламатлығы — 2030” стратегиясы жойбарына бола, бүгинги күн жағдайына оӊланыўы керек болған 980 медицина шөлкеминде басқышпа-баксқыш қурылыс-оӊлаў жумыслары әмелге асырылады.
Басланғыш буўындағы барлық шаӊарқлық шыпакерлик пунктлери, поликлиника ҳәм емлеўханалар оӊланып, фильтрленген ишимлик суўы менен толық тәмийинленеди.
Тез медициналық жәрдем автомобильлериниӊ 50 проценти электромобильлер менен толықтырылады. Онда, 2024-жылдан баслап 2030-жылға шекем электромобильлерди сатып алыў мүддетлери белгиленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги