Айырым напақалар Социаллық қорғаў миллий агентлиги қарамағына өткерилди

Президенттиң 2023-жыл 1-июньдағы ПП-82-санлы Пәрманына муўапық 2024-жыл 1-январьдан баслап айырым социаллық төлемлер Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң қарамағына өткерилди.
Соның ишинде:
– Жасқа байланыслы напақа;
– Бағыўшысын жойытқанлық напақасы;
– Басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған нызамлы ўәкилине напақа;
– Балалықтан майыплығы болған шахсларға напақа (1 ҳәм 2-топар, 18 жастан үлкен);
– 1 ҳәм 2-топар майыплары ушын напақа;
– Кем тәмийинленген шаңарақлар ушын балалар напақасы;
– Кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем;
– Перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа («Сүйинши пулы»);
– Жерлеў ушын напақа («Жерлеў пулы»).
Онда, социаллық төлемлер ушын арза бериў, оларды көрип шығыў, тайынлаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртиби сақлап қалынған ҳалда, пуқаралар бул социаллық төлемлерге байланыслы барлық сораўларға район ямаса қалалардағы «Инсан» социаллық хызметлер орайларына мүрәжат етиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги