Енди пенсия тайынлаў ушын онлайн арза бериў мүмкин
327

Буннан былай пенсия жасына жеткен пуқаралар оларға пенсия тайынлаўы ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (БИМХП) арқалы (онлайн) мүрәжат етиўи мүмкин.
Онлайн хызметтен пайдаланыў имканиятлары болмаған пуқаралар қосымша түрде Мәмлекетлик хызметлер орайына келген ҳалда пенсия тайынлаў ушын мүрәжат етиўи мүмкин.
Сондай-ақ, пуқаралар пенсия тайынлаўды сорап Пенсия қорының район (қала)лық бөлимине мүрәжат етиў ҳуқықлары да сақланып қалынбақта.
Бул хызметтен усы силтеме арқалы пайдаланыў мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги