Өзбекстан менен Италия Республикасы арасында шәртнамалар ратификацияланды
206

Президент тәрепинен қол қойылған нызамлар (ӨРН-892, ӨРН-893, ӨРН-894-санлы, 03.01.2024 ж.) менен шәртнамалар ратификацияланды. Оған бола, Өзбекстан менен Италия Республикасы арасында төмендеги шәртнамалар ратификацияланды:
– Услап бериў ҳаққындағы Шәртнама (Рим, 2023-жыл 8-июнь);
– Жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы Шәртнама (Рим, 2023-жыл 8-июнь);
– Қамақтағыларды тапсырыў ҳаққындағы Шәртнама (Рим, 2023-жыл 8-июнь).
Қарақалпақстан хабар агентлиги