Өзбекстан биринши рет Халықаралық салыстырыўлар бағдарламасында рәсмий қатнаспақта

2021 ҳәм 2023-жыллар даўамында есап-санақлар ушын зәрүр болған баҳалар ҳаққындағы статистика мағлыўматлары қәлиплестирилди ҳәм бағдарламаның регионаллық координаторына усынылды.
Халықаралық салыстырыўлар бағдарламасы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң статистика тараўы бойынша ең кең көлемли ҳәм әҳмийетли глобаллық бағдарлама есапланады.
Халықаралық салыстырыў бағдарламасы – дүнья жүзиниң дерлик барлық мәмлекетлериниң статистика уйымлары қатнасатуғын халықаралық статистикалық бағдарлама болып, оның шеңберинде валюталар сатып алыў қәбилети паритети, жалпы ишки өним ҳәм оның структуралық бөлимлерин халықаралық дәрежеде ҳәм мәмлекетлераралық салыстырыў жумыслары әмелге асырылады.
Бағдарлама глобаллық көлемде ҳәр 3 жылда бир рет әмелге асырылады. Соның менен бирге, бағдарламаның 2021-жылғы глобаллық басқыш нәтийжелери 2024-жылы жәрияланыўы режелестирилген.
Бағдарлама нәтийжелери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Статистика кеңеси тәрепинен жәрияланатуғынын атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги