Жаңа спорт майданшасы ашылды

Шоманай районы Дийқанабад елатының турғынлары жаңа 2024-жылдың басында үлкен қуўанышқа бөленбекте.
Себеби, аймақ жаслары ҳәм турғынларының белсендилиги нәтийжесинде, «Ашық бюджет» мәлимлеме порталындағы «Басламалы бюджет» процесинде жеңимпаз деп табылып, 800 млн.сумлық қаржы есабынан «Қарақалпақ тәўекел» жуўапкершилик шекленген жәмийети тәрепинен заманагөй спорт майданшалары қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылды.
Оның ашылыў мәресиминде район ҳәкиминиң орынбасары А.Бекмуратов, 2-сектор баслығы орынбасары П.Бердимуратов, Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлиминиң баслығы Ф.Хожабаевлар шығып сөйлеп, аймақ турғынларын жаңа жыл байрамы ҳәм тазадан қурылған спорт майданшаларының ашылыўы менен қутлықлап, келешекте бул спорт майданшаларында шуғылланған жаслар арасынан пүткил елимизге белгили спортшылар жетилисип шығыўына өзлериниң тилеклеслигин билдирди.




-Аўылымыз орайына жасыл қапламалы футбол стадионы ҳәм «Street workout» тиң қурып берилиўи аймағымыз турғынлары ушын оғада қуўанышлы жаңалық болды,-дейди усы жыйын ақсақалы Полат Нурғалиев.-Енди аймағымыз жаслары өзлери қәлеген ўақытта спорт пенен турақлы шуғылланыўы мүмкин. Бундай имканиятларды жаратып бергени ушын елимиз басшыларына аўылымыз халқы атынан миннетдаршылық билдиремиз.
Буннан соң мәресим қатнасыўшылары аўыл жасларынан қуралған командалардың футбол ойынын тамашалады.



Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы