Президент Шавкат Мирзиёев 4-январь күни аўыл хожалығында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслар презентациясы менен танысты.

Суў жетиспеўшилиги барған сайын күшейип атырған бүгинги заманда мәмлекетимизде оны қәдирлеў, үнемлеп пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги жылларда 472 мың гектар жер тамшылатып ҳәм 48 мың гектар жаўынлатып суўғарыўға өткерилди, 97 мың гектарда басқа да суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди. 649 мың гектар жер лазерли тегисленди.

Усындай илажлар нәтийжесинде тек ғана 2023-жылы 2 миллиард куб метр суў үнемленген. Бул Бухара ўәлаятының бир жылда жумсаған суў муғдарына тең болып есапланады.

Бул жумыслардың көлемин және де кеңейтиў ҳәрекетлерине системадағы айырым машқалалар кесент етпекте. Мәселен, районлық ирригация бөлимлериниң ўәкилликлери хожалықлараралық каналлар менен шекленген. Суў жеткериў хызметлери нәтийжели қаржыландырылмаған. Суўды үнемлейтуғын үскенелер орнатыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылып атырған кредитлер фермерлерди өзине тарта алмайды.

Сол себепли, мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына тийкарланып, төменги буўында суў ресурсларын басқарыў системасын жетилистириў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Оған бола, районлық ирригация бөлимлери ҳәм арнаўлы хызметлер негизинде «Суў жеткерип бериў хызметлери» мәмлекетлик мәкемелер шөлкемлестириледи. Олар экскаватор ҳәм басқа да техникалар менен тәмийинленеди. Бул суўғарыў тармақларына хызмет көрсетиў жумысларын еки есеге арзанластырады.

Сондай-ақ, барлық суўғарыў тармақларын хатлаўдан өткериў, ийелери бойынша бириктириў ҳәм ҳәр бириниң бирден-бир идентификациялық номерин ислеп шығыў нәзерде тутылмақта.

Бизге белгили, усы жылдан атызға шекем жеткерилген 1 куб метр суў ушын салық 100 сум етип белгиленди. Көпшиликтиң сана-сезиминде орналасып қалған «суў – тегин» деген түсиникти өзгертиў ўақты келди.

Суў тутыныўшылары менен есап-санақты усы принцип тийкарында жолға қойыў усыныс етилмекте. Соның ишинде, 2025-жылдан баслап, атызда суў есаплағыш орнатқан ҳәм үнемлейтуғын технологияларды қолланатуғын фермерлер ушын салық коэффициенти азайтылады. Керисинше жағдайларда болса арттырылады. Соның менен бирге, суў жеткерип бериў ушын төлемлер бийкар етиледи.

Мәжилисте суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди хошаметлеў илажлары да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, буның ушын жеңиллетилген кредит линиясы шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, кредитлер 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 5 жыл мүддетке 14 процентлик ставкада ажыратылады. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы жойбарлар ушын болса 10 процент болады. Кредит алыўда фермерлерден мүлк гиреўи талап етилмейди.

Сондай-ақ, кредитлер «онлайн» ажыратылыўы жолға қойылмақта. Бул бағдарда Агробанк тәрепинен «Suvkredit.uz» системасы ислеп шығылған. Және бир әҳмийетли тәрепи, енди жумысты бөлип алып ислеўшилерге суўды үнемлейтуғын технологияларды тек ғана жумысшы жойбар тийкарында қурыў, орнатылған системаларға кеминде 2 жыллық кепиллик бериў ҳәм кеминде 5 жыллық сервис хызметин көрсетиў сыяқлы қосымша миннетлемелер жүкленбекте. Бул талапларды орынламайтуғын жумысты бөлип алып ислеўшилер системаға киргизилмейди.

Бизге белгили, бүгинги күнде суўды үнемлейтуғын система енгизилген ҳәр бир гектар ушын 8 миллион сум муғдарында субсидия бериледи. Усы ўақытқа шекем бул қаржының 50 проценти технология орнатылған жылы, қалғаны келеси жылы оның жумсалыўына қарап төленетуғын еди. Енди бул бағдарда да қолайлық жаратылып, барлық субсидия қаржыларын сол жылдың өзинде төлеп бериў белгиленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, кейинги тутыныўшыға шекемги системаны дурыс жолға қойыў, суўды үнемлеў жумысларын кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА