“Қызыл” категорияға киргизилген мектеплердиӊ саны 1 526 дан 404 ке азайтылды

187

МҒКАда өткерилген брифингте Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги мәмлимлеме хызмети басшысы Дилфуза Собирова тараўда 2023-жылы әмелге асырылған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Инвестиция ҳәм басқа қосымша бағдарламалар шеӊберинде 563 мектепте қурылыс-оӊлаў жумыслары әмелге асырылды ҳәм 120 мыӊға шамалас жаӊа оқыў орынлары жаратылды. Дерлик 115 мыӊ орынлық оқыў имаратлары қурамалы оӊланды.

11-класс питкериўшилериниӊ 12 мыӊға шамаласы алтын, 2 мыӊнан асламы гүмис медаль менен сыйлықланды.

Баслаўыш класслар ушын дерлик 500 атамадағы, басқа класслар ушын Кембридж, Клетт, Дидер халықаралық баспаларыныӊ локализацияланған 88 атамадағы сабақлықлары енгизилди. Оқыўшылар ушын 63 млн нусқадан аслам сабақлықлар басып шығарылды.

Мектеп оқыўшылары 5 еӊ абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында жәми 13, басқа халықаралық олимпиадаларда 52 медальды қолға киргизди.

Инклюзив билимлендириў енгизилген мектеплердиӊ саны 415 ке, олардағы оқыўшылардыӊ саны 736 ға жеткерилди. Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалардыӊ 153и турақ жай менен тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги