“Миннетлемелер реестри” институты енгизиледи

Мәмлекетимиз басшысыныӊ күни кеше жәрияланған “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардыӊ ҳүжжетлерин орынлаў системасын реформалаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен орынлаў ҳүжжетлерин электрон формада бериў енгизилмекте.
Пәрманға бола, 2024-жыл 1-майдан суд ҳүжжетлери тийкарында орынлаў ҳүжжетлерин электрон форматта бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизиледи.
Пуқаралардан қарыздарлықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған еӊ кем кепилленген дәрамат белгиленеди.
Орынлаў исин жүргизиўдиӊ әпиўайыластырылған тәртиби почта қәрежетлери бойынша қарыздарлықты өндириўге де қолланылады.
2024-жыл 1-декабрьден суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлар ҳүжжетлериниӊ сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўши “Миннетлемелер реестри”институты енгизиледи.
Н.Абдураимова, ӨзА