Ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде Ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи

258

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде санлы технологиялар тараўы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған бола, нызамшылық ҳүжжетлерин муўапықластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде санлы технологиялар тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” 2023-жыл 24-майдағы ПП-76-санлы Пәрманыныӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

Санлы технологиялар министрлиги системасындағы шөлкемлер қайта шөлкемлестирилгени ҳәм қайта аталғаны мүнәсибети менен нызамшылық ҳүжжетлерин муўапықластырыў;

Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында “мәмлекет-пуқара”  ҳәм  “мәмлекет-исбилермен” принципи тийкарында хызмет ҳәм сервислерди санлы көринисте енгизиў режелерин белгилеўши ўәкилликли уйымды белгилеў;

Бирден-бир порталда мәмлекетлик хызметлер ҳәм сервислерди олардыӊ ҳәкимшилик тәртиплери  “3 қәдем” принципи тийкарында оптималластырылған ҳалда енгизиў;

министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине веб-сайт, портал, мобиль қосымша ҳәм басқа мәлимлеме ресурслары арқалы көрсетилетуғын барлық түрдеги хызметлер Бирден-бир порталда толық яки силтеме көринисинде де енгизилиўин белгилеў;

мәмлекетлик уйымлардыӊ Бирден-бир порталдағы электрон мәмлекетлик хызметлер ҳәм сервислерден халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ қанаатланыў дәрежесин баҳалаў ҳәм оныӊ индикаторларын белгилеў;

республика ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары мәлимлеме системаларында, уйымлараралық электрон бирге ислесиўде “Санлы ҳүкимет” системасыныӊ бирден-бир идентификаторлары ҳәм мағлыўматнамалар ҳәм классификациялаўшылар регистри мәлимлеме системасында орналастырылған бирден-бир улыўмамәмлекетлик мағлыўматнамалары ҳәм классификациялаўшылардан мәжбүрий пайдаланыў;

жәмийет, санаат, турақ жай, ҳәкимшилик имаратларды жойбарластырыў, қурыў ҳәм пайдаланыўға қабыллаў процесинде байланыс, почта, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, мәмлекетлик стандартлар ҳәм нормаларға әмел етилиўин тәмийинлеў.

 ӨзА