25 шаңараққа қайырқомлық көрсетилди

451

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен басланған “Меҳир ҳәрекети” акциясы Хожели районында да өткерилди.

“Вақф” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы  филиалыныӊ хызметкерлери қәўендерлер менен биргеликте кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған, жәрдемге мүтәж шаӊарақлардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды.  Илаж даўмаында 25 шаӊараққа азық-аўқатлық затлары, қысқы кийим –кеншеклер, балалар ойыншықлары тапсырылды. Бул қайырқомлық илажы усы шаӊарақлардыӊ перзентлерин айрықша қуўанышқа бөледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги