ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери ўәкиллери, депутатлар ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Мәжилис күн  тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Мәжилисти Қарақалпақстан  Республикасы  Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри,  ӨзЛиДеП Қарақалпақстан  Республикалық  Кеңесиниң баслығы С.Турманов ашты ҳәм алып барды.

Онда министр С.Турманов күн тәртибиндеги мәселе бойынша ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитетиниң  буйрығына тийкарланып, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық   Кеңеси  баслығының  биринши  орынбасары – аппарат  баслығы  лаўазымына Айбергенов Адип Женгисбаевич тайынланғанлығын атап өтип, оның өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырып өтти.

Буннан  соң А.Айбергенов шығып сөйлеп, партияның  мақсет хәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда,  партия жумысларын еле де жанландырыўда бирге ислесиўге ҳәм исенимди ақлаўға ҳәрекет ететуғынлығын билдирди.



Мәжилисте партия алдында турған баслы ўазыйпалар бойынша мәселелер де көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги