Қарақалпақстанда ишимлик ҳәм ақаба суў баҳасы артты

549

Қарақалпақстанда 1 метр куб ишимлик суўдың баҳасы халық ушын 2900 сум, бюджет шөлкемлери ҳәм көтере саўда тутыныўшылары ушын 5700 сум етип белгиленген еди. Сондай-ақ, ақаба суў баҳасы да артты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен республикада ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери ушын жаңа тарифлер (баҳалар) тастыйықланды. Бул ҳаққында «Өзсуўтәмийнат» баспасөз хызмети хабар берди.

Оған бола 2024-жылдың 15-январынан Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери бойынша төмендеги белгиленген жаңа тарифлер әмелде қолланылады:

Ишимлик суў:

– халық ушын – 1 м3 –  2900 сум (бурынғы баҳа 1850 сум);

– бюджет шөлкемлери ушын – 1 м35700 сум (ҚҚСсыз) (бурынғы баҳа 3695 сум);

– көтере саўда тутыныўшылары ушын – 1 м35700 сум (ҚҚСсыз) (бурынғы баҳа 3695 сум);

Ақаба суў хызмети ушын:

– халық ушын – 1 м3 1400 сум (бурынғы баҳа 1100 сум);

– бюджет шөлкемлери ушын – м3 2800 сум  (бурынғы баҳа 3136 сум);

– көтере саўда тутыныўшылары ушын – м3 2800 сум  (бурынғы баҳа 3136 сум);

Атап өтилиўинше, өткен үш жылы Қарақалпақстанда орайласқан ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежеси 61,5 проценттен 70,5 процентке, канализация менен қамтып алыў 5,4 проценттен 5,6 процентке жеткерилген.

Сондай-ақ, келеси бес жылда республикада орайласқан ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежеси 70,5 проценттен 89,7 процентке, канализация менен қамтып алыў болса 5,6 проценттен 24,6 процентке жеткерилиўи режелестирилген.

«Буның ушын барлық дәреклер есабынан 5,9 триллион сум есабынан, 3,192 километр ишимлик суў ҳәм 438,6 километр канализация тармағы, сондай-ақ, 179 суў имаратын қурыў ҳәм реконструкцияланыўы белгиленген», – делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги