Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў системасы жетилистириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Ҳайўанларды идентификациялаў, дизимге алыў ҳәм бақлаў системасының тәртип-қағыйдаларының жетилистирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, шарўашылық тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлерди өз-ара муўапықластырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шарўашылықта идентификациялаў системасы ҳәм нәсилшилик тараўын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2023-жыл 24-августтағы ПҚ-285-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына төмендеги өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиледи:
ҳайўанлардың жасаў дәўири даўамында олардың келип шығыўы, көбейиўи (көбейтилиўи) ҳәм ҳәрекети, сондай-ақ, ҳайўанларда ушырасатуғын кеселликлерге қарсы профилактика, диагнозлаў ҳәм емлеў жумысларында ҳайўанларды бақлаў;
қәнигелестирилген сойыў кәрханаларында сойыўға болған артықша талапларды бийкар етиў.
Бул қарар шарўа малларының нәсилин жақсылаў, от-жем базасын беккемлеў, нәсилшилик бағдарындағы шарўашылық хожалықларының жумысын ҳәм шарўашылық өнимлерин жетистириўде ири исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыўда нызамшылық ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыў имканиятын береди.
ӨзА