Женевада Өзбекстан Президентиниң басламасы менен қабыл етилген резолюцияны додалаўға байланыслы дөгерек сәўбет болып өтти

301

Швейцарияның Женева қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген «Орайлық Азия глобаллық климат қәўип-қәтерлери алдында: турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық жолында регионаллық тилеклесликти беккемлеў» резолюциясына бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди.

Мәмлекетимиздиң Женева қаласындағы БМШ жанындағы турақлы ўәкилханасы жәрдеминде шөлкемлестирилген илажда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан дипломатиялық ўәкилханалары, сондай-ақ, структураның Женевадағы структуралық бөлимлери ҳәм халықаралық шөлкемлериниң ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте бул ҳүжжеттиң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети түсиндирилди. Резолюцияда Орайлық Азияда климат ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў мақсетинде турақлы аўыл хожалығы, бағшылық, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, энергия нәтийжелилиги, шығындыларды қайта ислеў, турақлы туризмди раўажландырыў, «ақыллы қалалар» ҳәм турақлы транспортты жаратыў бойынша анық ўазыйпалар белгиленгени атап өтилди.

Илаж қатнасыўшыларына ҳүжжетте регионымыздың тийкарғы экологиялық машқаласы – Арал апатшылығына айрықша итибар қаратылғаны мәлим етилди. БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шерикли траст фондының жумысын күшейтиў зәрүрлиги айрықша атап өтилген.

Сырт елли дипломатлар ҳәм БМШ экспертлери шөллениў ҳәм жерлердиң деградациясына қарсы гүресиўде инновациялық усыллар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў шақырығы, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң Орайлық Азияда суўды үнемлеў технологиялары платформасын жаратыў басламасы өз ўақтында болғанын атап өткен.

Сондай-ақ, Өзбекстанның 2024-жылы Самарқандта глобаллық экологиялық қәўип-қәтерлерге шешим табыўға хызмет ететуғын Халықаралық климат форумын өткериў басламасы қоллап-қуўатланды.

2023-жыл 13-17-ноябрь күнлери Самарқандта БМШтың Шөллениўге қарсы гүресиў ҳаққындағы конвенциясының орынланыўын көрип шығыў комитетиниң 21-сессиясы, Қум ҳәм шаң боранларына қарсы гүресиў бойынша жоқары дәрежедеги мәжилиси Орайлық Азияда биринши рет табыслы өткерилгени менен қутлықлаған.

Б.Худойбердиев, ӨзА