Өзбекстан ТРМныӊ кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында унамлы өсиўге ерискен

Бизге белгили болғанындай, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблясыныӊ 2015-жылдыӊ сентябринде Турақлы раўажланыў бойынша өткерилген саммитинде 2030-жылға шекемги дәўирде Турақлы раўажланыўдыӊ 17 мақсети ҳәм тийисли ўазыйпалары белгилеп алынған. Усы мақсетлер кеӊ көлемли мәселелерди, яғный денсаўлық ҳәм абаданлықтан баслап климат өзгерислерине шекем, гендер теӊлигинен баслап пайдаланыў ҳәм өндирис моделлериниӊ өзгерисине шекем болған процессти қамтып алған.
Өткен дәўирде Өзбекстанда да ТРМ шеӊберинде кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылды. Оныӊ нәтийжесинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ Турақлы раўажланыў шешимлери тармағы (SDSN) ҳәм халықаралық экспертлер тәрепинен 2023-жылы жәрияланған ТРМ (SDG index) рейтингинде Өзбекстан 71,1 индекс пенен 166 мәмлекет арасында 69-орынды ийеледи. Бул нәтийже 2022-жылға салыстырғанда 8 текшеге асқан. 2022-жылы Өзбекстан 69,9 индекс пенен 77-орында белгиленген еди.
Атап айтқанда, 2023-жылғы SDG index есабатына бола, Өзбекстанда Турақлы раўажланыўдыӊ 10 мақсетлери бойынша көрсеткишлеринде унамлы өсиў атап өтилген. Атап айтқанда, мәмлекетте кәмбағаллықты қысқартыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм абаданлықты тәмийинлеў, сапалы билимлендириў менен тәмийинлеў, гендер теӊлигине ерисиў, таза суў ҳәм санитария, санаатластырыў, инновация ҳәм инфраструктура, қала ҳәм елатлы пунктлерди турақлы раўажландырыў, климат өзгериўине қарсы гүресиў, тынышлық, әдиллик ҳәм нәтийжели басқарыў, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў сыяқлы мақсетлер бойынша унамлы нәтийже белгиленген.
М.Комилова, ӨзА