Бес астероид бир ўақыттың өзинде Жерге жақынласпақта

NASA реактив ҳәрекет лабораториясы илимпазлары бес астероид Жерге қарап ушып атырғанын мәлим етти. Олардан бириниң көлеми еки футбол майданына тең.
Усы жылдың 1-январында илимпазлар 2024 АА деп аталған жаңа астероидты тапты, оның өлшеми 11 метр болып, 2-январь күни түнде Жерге 610 мың км аралықта жақынласыўы керек еди.
Сондай-ақ, усы объект пенен бирге өткен жылы ашылған үлкенирек астероид планетамызға 1 730 000 км аралықта жақынласады. 2023 YR деп аталған астероид 37 метрди қурайды.
3-январь күни 5 жыл алдын ашылған 2019 КК5 деп аталған, диаметри 94 метр, жүдә үлкен имарат бийиклигиндеги астероид 4 070 000 км аралықтан ушып өтеди.
6-январь күни усы жылдың 1-январында табылған 2024 АС атамасындағы астероид 2 миллион 310 мың км аралықта Жерге қарап ушады. Оның өлшемин жолаўшы лайнериниң узынлығы менен салыстырыў мүмкин – 26 метр.
Жерге қарай ушып атырған және бир астероид 22 жыл алдын пайда болған. 2002 AY1 деп аталған астероид 8-январь күни планетамызға 5 800 000 км аралыққа жақынласады, оның үлкенлиги ҳайран қаларлық – 219 метр. Яғный, бул тас көлеми бойынша 2 футбол майданына тең келеди.
Жер ушын потенциал қәўипли болған астероидлар планетамызға 7,5 миллион км ден жақынрақ келетуғын ҳәм көлеми 150 метрден үлкен болған космослық жыныслар есапланады. Салыстырыў ушын, Жерден Айға шекемги орташа аралық 385 мың км.
NASA илимпазларының пикиринше, бул астероидлардың ҳеш бири Жерге түспеўи керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги