Итибар ҳәм ғамқорлық – ийгиликли ислерге баслайды

Елимизде социаллық жәрдемге мүтәж «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары болған жаслардың билим алыўы, кәсип өнер үйрениўи ҳәм жәмийетте өз орнына ийе болып, мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлеслерин қосыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта.
Президентимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар нәтийжесинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тарийх факультетиниң 1-курс студенти Дилфуза Қайыпназароваға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен Нөкис қаласынан турақ жай саўға етилген еди.
Институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров ҳәм факультет деканатының ўәкиллери усы қайырлы басламаларды даўам еттирип, жаңа жыл қарсаңында Дилфузаның жағдайынан хабар алып, оқыў процесинде пайдаланыўы ушын зәрүр болған ноутбук, сабақ таярлаўы ушын керекли мебельлер, асхана буйымлары ҳәм басқа да саўғаларды тапсырды.

Дастурхан әтирапындағы шын жүректен сәўбетлесиў барысында байрам қарсаңында берилген усындай саўғалар ушын Дилфуза мәмлекетимиз басшыларына, институт ректораты ҳәм факультет жәмәәтине миннетдаршылығын билдирди.




– Бул мен ушын үлкен имканият ҳәм исеним деп есаплайман. Әлбетте, мен бул исенимди ақлап, келешекте алдыма қойған жоқары шеклерге қарай умтылып, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлесимди қосыўға ўәде беремен, – дейди ол.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
И.Матековтың түсирген сүўретлери