Бир мақсетке бирлесиў – Жаңа Өзбекстан стратегиясының тийкарғы бағдары

427

Мүнәсибет

«Мәмлекетимиз өз раўажланыўының жаңа ҳәм жоқары басқышына кирип атырған ҳәзирги дәўирде жадид бабаларымыз сыяқлы батыс илиминиң жетискенликлери менен бирге миллий қәдириятлар руўхында тәрбияланған кадрлар суў менен ҳаўадай зәрүр»

(Ш.М.Мирзиёев – Республикалық Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген жыйналысындағы баянатынан.

Ташкент, 22-декабрь 2023-жыл)

 

Инсанның руўхый ҳәм ақылый дүньясын аңлатып, оның турмыслық көзқарасларын өз ишине алатуғын кең түсиниклердиң бири – бул мәнаўият есапланады. Мәнаўият адамлардың ишки дүньясы, яғный оның арзыў-үмити, мақсет-тилеклери, билим ҳәм турмыслық тәжирийбелерин аңлатады. Мәнаўият бәрқулла ағартыўшылық пенен бирге жүреди. Өйткени, оқып билим алыў, турақлы үйрениў ҳәм тәжирийбе арттырыў нәтийжесинде инсанларда мәнаўият қәлиплесип барады. Инсанның мәнаўий дүньясы қаншелли байып барса, жәмийетте, мәмлекетте күш-қүдиретке ийе болады.

Елимизде мәнаўият тараўын раўажландырыў, халықты, соның ишинде, келешегимиз болған жасларымызды руўхый дүньясы бай, саламат пикирге ийе, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған қәдириятлардың мүнәсип даўамшылары сыпатында ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Бул пикиримизди Республикалық Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң баслығы тиккелей мәмлекетимиздиң басшысы – Президент екенлигиниң өзи дәлиллейди.

Жаңа жыл қарсаңында Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында болып өткен мәжилисте келеси жылларда мәмлекетимизде илим, билимлендириў, тәрбия, мәнаўият ҳәм мәденият тараўында әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бүгингидей глобалласыў шараятында дүньяда илим, технология ҳәм инновациялық идеялар раўажланып ғана қоймастан, мәмлекетлер, халықлардың тынышлығы, аўызбиршилиги, абадан турмысы ушын қәўип туўдыратуғын ҳәр қыйлы қурамалы жағдайлардың жүзеге келип атырғанын ҳеш ким бийкарлай алмайды. Усындай қәўип-қәтерли жағдайда халқымыздың бүгинги күннен разы болып жасаўы ҳәм жарқын келешегин тәмийинлеў мәнаўият тараўы ушын методикалық тийкар болып хызмет ететуғын миллий идеямызды раўажландырыўды талап етпекте. Ал, бул болса өз гезегинде мәмлекетимиз экономикасын заманагөй талаплар тийкарында раўажландырыўды талап етеди. Яғный, экономика ҳәм мәнаўият – бул қустың еки қанатына мегзейди. қашан қус усы еки қанатын бирдей сермесе ғана аспанға уша алады – гөзленген мақсетке ериседи. Күшли экономика мәмлекеттиң денеси болса, мәнаўият – оның руўхы, беккем имаратының тырнағы есапланады.

Буннан көринип турғанындай, материаллық ҳәм мәнаўий турмыс принцплери бир-бирин бийкарламайды, керисинше, өз ара байланысып, бир-бирин толықтырады. Жоқары раўажланыўға ерисиўди мақсет еткен ҳәр бир инсан ҳәм жәмийет өз өмирин усындай үзликсиз байланыс тийкарында қурып, оны раўажландырған жағдайда ғана унамлы нәтийжеге ериседи.

Дүньяда миллий өзлик ҳәм мәнаўий қәдириятларға қарсы идеологиялық қәўип-қәтерлер артып бармақта. Буның ақыбетинде халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында тек ғана өзинен басқаны ойламаў, мийнет етиў, шаңарақ муқаддес дәргай екенлигин түсинип жетиў сыяқлы қәдириятларымызға жеңил-желпи түрде қатнас жасаў жағдайлары ушырасып атырғаны да ҳақыйқат. Бул шаңарақ, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жаслар тәрбиясы, жәмийеттеги жәмлеспеген жаслар менен мақсетли бирге ислесиўде жаңа, заманагөй механизмлерди енгизиўди талап етпекте.

Мәжилисте Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўын буннан былай да жетилистириў, әсиресе, ҳаял-қызлардың оқыўы ҳәм кәсип-өнер үйрениўине имканият жаратыў, театр көркем өнерин раўажландырыў, қала ҳәм районлардағы мәденият орайларын заманагөй типте қурыў, мақам ҳәм бақсышылықты илимий тийкарда изертлеў, музыка ҳәм аяқ ойын, кино, цирк, музейлер, сүўретлеў өнери, әдебият сыяқлы халқымыздың руўхый дүньясын жоқарылататуғын тараўлардың жаңа басқышқа көтерилиўи ушын әҳмийетли басламалар алға қойылғаны мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын тийкар болары сөзсиз.

Усы басламалар қатарында, Нөкис қаласында «Арал мәденияты» халықаралық илимий конференциясының өткерилиўи кең жәмийетшилик, тараўдағы зиялылар ҳәм қәниге-экспертлер тәрепинен қоллап-қуўатланып, үлкен қызығыўшылық оятты.

Бүгин биз өз алдымызға үшинши Ренессанс тийкарын жарататуғын жасларды тәрбиялаў, Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды қурыўды мақсет еткен екенбиз, бунда биринши гезекте, халқымыздың мәнаўиятын раўажландырыў, жасларды уллы ойшыл ата-бабаларымыздың мүнәсип даўамшыларына айландырыў алдымыздағы әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.

Қувондиқ Қодиров,

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик

педагогикалық институты ректоры ў.ў.а.

Қарақалпақстан хабар агентлиги