Жаңа Өзбекстандағы жаңаланыўлар халқымыз нәзеринде

Шымбай районындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында мәдений-ағартыўшылық кешеси болып өтти.
Оған район белсендилери, Шахтемир, Жипек жолы, Көкши қала ҳәм Бердақ мәкан пуқаралар жыйынлары турғынлары қатнасты.
Кеше Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Буннан соӊ кеше қатнасыўшыларына елимиздеги жаӊаланыўлар сәўлеленген «Жаӊа Өзбекстан» ҳәм «Шымбай районы раўажланыў жолында» атамасындағы видеороликлер қойып берилди.
Соңынан Шымбай районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Қ.Мамбеткаримов, Халық депутатлары районлық Кеӊесиниң депутаты Е.Мадреймов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы Н.Жаӊабаева, Шымбай «Хан» мешити найып-имамы Ғ.Қурбаниязовлар шығып сөйлеп, 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде Президентимиз тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтип, усылар тийкарында өзиниң пикир-усынысларын билдирди.






Районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған ана-Ўатан, туўылған жер ҳәм дослықты жырлаўшы концерт бағдарламасы ҳәм сахналық көринислер кеше қатнасыўшыларының кеўиллерин көтерип, оларға жоқары кейпият бағышлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы