Бокс бойынша Өзбекстан сайланды командасының бас тренери Тўлқин Қиличев биринши орта салмақта өзбекстанлы профессионал боксши Исроил Мадримов 2024-жылдың январь айында чемпионлық ушын беллесиўге шығатуғынлығын айтып өткен еди.

Буннан соң Исроил Мадримов 27-январь күни WBA бойынша чемпионлық ушырасыўында  британиялы  Жеймс Меткалфке қарсы рингке түсиўи мәлим болған еди. Бирақ, Меткалф бул беллесиўге шығыўдан бас тартты.

Англиялы боксши Жеймс бул ушырасыўдан бас тартыўының себебин төмендегише түсиндирди:

«Гонорар муғдары оншелли үлкен емес. Бирақ, менде бул беллесиўге таярланыў ушын ўақыт жеткиликли еди».

Мәлим болыўынша, WBA чемпионлық белбеўине тийкарғы даўагер Исроил Мадримов командасы чемпионлық ушын беллесиўге шығыў ушын россиялы Магомед Курбанов менен келисимге ерискен ҳәм чемпионлық беллесиўи тез арада рәсмий түрде жәрияланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы