12-январь күни футбол бойынша Қатарда Азия кубоги старт алады.

Championat.asia сайты мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстан миллий сайланды командасы сәрдары Элдор Шомуродов жарақаты себепли, Қатардағы Азия кубогинде ойынға түсе алмайды. Бирақ,  футболшы сайланды команданы қоллап-қуўатлаў ушын Дохаға барыўы күтилмекте.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Шомуродов декабрь айының соңғы күнлеринде «Кальяри» клубы қурамындағы шынығыўлар ўақтында аяғынан жарақат алған еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы