Елимиздеги өзгерислер атап өтилди

259

Елликқала районындағы 18- санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Жаңа турмыс ушын,   Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений    саз-сәўбетли кеше болып өтти.

Онда район ҳәкиминиң орынбасарлары У.Ражапбаев ҳәм А. Юлдашевалар илаж қатнасыўшыларын жаңа жыл менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде жүз берип атырған ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен тилге алды. Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири ушын деген идея тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар, өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаў бойынша исленип атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Сондай-ақ, қала ҳәм аўылларымыздың келбетиниң жаңа түрге ениўи жолындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының жүргизилиўи, буның ушын барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары ушын 500 млн сумнан қаржы ажыратылып атырғанын атап өтти.

Кешеде викторина ойыны өткерилип, онда белсенди қатнасқанлар район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.






Қарақалпақстан Республикасы үлгили мақам ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы кешеге өзгеше заўық бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги