«Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» болды

Ақмаңғыт посёлкасында жайласқан Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық орайында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений саз-сәўбетли кеше болып өтти.
Онда сөзге шыққанлар тәрепинен 2023-жылдыӊ 22-декабрь күни болып өткен Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Кеӊеси мәжилисинде мәмлекетимиз Президенти тәрепинен билдирилген пикир, усыныслар, жаӊа басламалар ҳәм белгилеп берилген ўазыйпалардыӊ әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде айтып өтти.
Кеше даўамында викторина ойынлары шөлкемлестирилип, жеңимпазларға руўхыйлықтың тийкарғы дәреги болған бийбаҳа китаплар саўға етилди.



Сондай-ақ, кешеде районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги