100 баланың қысқы дем алысы «Ақ кеме»де өтпекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-февральдағы «Балалардың дем алысын шөлкемлестириў ҳәм саламатландырыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, балалардың дем алысын системалы шөлкемлестириў ҳәм саламатландырыў мәселелери бойынша республика комиссиясының қарарына тийкарланып мектеплердеги дем алыс күнлери жазғы, гүзги, қысқы ҳәм бәҳәрги мәўсимде шөлкемлестирилиўи ҳәм қалған ўақытлары да дем алыў орайлары дем алыў орны сыпатында жумыс ислеўи белгиленген.
Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайы ул-қызларымыздың кеўилли дем алыўы ҳәм саўалланыўын шөлкемлестириў менен шекленбей, ал олардың интеллектуаллық дәрежелерин раўажландырыў, өзлери қызыққан бағдарлар бойынша билимлерин беккемлеўине хызмет ететуғын орын сыпатында көпшиликке белгили болмақта.
Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары ушын ҳәр дем алыста көпшилик балалардың дем алыўын усы орайда шөлкемлестириў дәстүрге айланған.
Орайда барлық қолайлықларға ийе болған руўхыйлық-ағартыўшылық бөлмеси, бай китап фондына ийе заманагөй мәлимлеме-ресурс орайы, керекли әсбап-үскенелер ҳәм ең соңғы үлгидеги ағартыўшылық көргизбелерине ийе дөгерек ханалары, қызықлы ҳәм мазмунлы илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге арналған сахналар қурылған. Сондай-ақ, денетәрбия шынығыўлары ушын арналған футбол, баскетбол, волейбол майданшалары, балалар жүзиў бассейни спорт әнжамлары менен жетерли дәрежеде тәмийинленген.
Быйылғы қысқы каникулда да республикамыздың қала ҳәм районларынан 100 оқыўшының усы орайда дем алыўы шөлкемлестирилип, усы жыл 2-январь күни орай дем алыўшы балаларды өз қушағына алды.











Балалардың қысқы дем алысын мамунлы шөлкемлестириў жумыслары басқа орынларда да даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги