Аэропортта Тах Фрее офиси ашылды
334

2023-жыл 1-январьдан баслап сырт ел пуқаралары Өзбекстанда усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланатуғын исбилерменлерден айырым түрдеги товарларды сатып алыўда олар тәрепинен төленетуғын қосымша қун салығы суммаларын қайтарыў бойынша тәжирийбе тийкарында «Тах Фрее» системасы енгизилген еди.
Бүгин Нөкис халықаралық аэропортында да усындай хызмет көрсетиў пунктиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.


Енди Нөкис қаласында да Тах Фрее хызмети арқалы сырт ел пуқаралары Өзбекстан аймағынан шығып баратырғанда аэропортларда операторларға мүражат етип, ҚҚС суммасын қайтарып алыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги