Германияныӊ Дүнья халқы бойынша қорыныӊ (DSW) мәлим етиўинше, 2023-жыл даўамында дүнья халқы шама менен 66 миллион адамға өскен ҳәм ҳәзир Жерде 8 миллиардтан артық адам жасамақта.

Дүнья халқы 2023-жылдыӊ ақырына келип өсиў пәтлери бойынша жоқары дәрежеге жеткен болса да, улыўма алғанда бул жағдай төменлеўде даўам етпекте. Дүнья халқы 1965-1970-жыллар аралығында еӊ тез өсти. БМШ мағлыўматларына бола, соннан берли салыстырмалы өсиў пәти шама менен еки есеге азайып кеткен.

Әлбетте, бул тенденциялар барлық регионларда бирдей емес. Германияныӊ Дүнья халқы бойынша қорыныӊ (DSW) мағлыўматларына бола, Африкада 2080-жылға келип 2,5 миллиард  адам жасайды, бул ҳәзиргиден еки есеге көп дегени болып табылады.

ӨзА