Футбол бойынша Португалия сайланды командасының сәрдары Криштиану Роналду 2023-жыл 31-декабрь күни өзиниң анасына қымбат баҳадағы «Porsche» автомобилин саўға етти.

Дүнья футболы тарийхында өзине жараса рекордларды орнатып атырған Роналду Саудия Арабстанынан Португалияның Мадейра атаўына самолётта ушып барып, анасының туўылған күнине қатнасты.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, португалиялы футбол жулдызының анасы Долореш Авейру жаңа жыл қарсаңында 69 жасын белгиледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы