Сенатор китап ҳәм азық-аўқат өнимлерин саўға етти

Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў комитети баслығының орынбасары, сенатор Батыр Матмуратов Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаңа жыл байрамы қутлықлаўын жеткериў мақсетинде, Елликқала районындағы Елликқала аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болып, аймақ халқы менен ушырасты.


Ушырасыўда сенатор Б.Матмуратов елимиз Президентиниң жаңа жыл байрамы қутлықлаўын илаж қатнасыўшыларына оқып еситтирип, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықты үгит-нәсиятлаўда китаптың тутқан орнының айрықша екенлигин айтып өтти ҳәм мектеп оқыўшылары, аймақ белсендилери ҳәм нураныйларға 50 ден аслам жаңа китапларды саўға етти.




Сондай-ақ, сенатор Батыр Матмуратов усы жыйынның Пахтакор елатлы пунктинде жасаўшы Ўғилжон Қурбанбаева ҳәм Балтабийке Давлетовалардың шаңарағынан хабар алып, оларға азық-аўқатлық затларды саўға етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы