Президент Шавкат Мирзиёев 2-январь күни инвестиция сиясатын әмелге асырыў ҳәм энергетика системасында қайта тиклениўши энергия қуўатлықларыныӊ үлесин көбейтиў бойынша 2023-жылы исленген жумыслар ҳәм 2024-жылға мөлшерленген режелердиӊ презентациясы менен танысты.

 Өткен жылдыӊ жуўмағы менен жәми 22 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициялары өзлестирилген, бул алдынғы жылға салыстырғанда 1,8 есеге көп екенлиги атап өтилди.

Әмелге асырылған жумыслар талланып, усы жылы сырт ел инвестицияларыныӊ көлемин және де көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Онда тийкарғы итибарды электротехника, машинақурылысы, қурылыс материаллары, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм былғары тармақларына қаратыў тапсырылды.

Ири инвесторлар менен мәнзилли ислесиў, инвестицияларды тартыўда экономикалық дипломатияны ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардыӊ қатнасыўын күшейтиў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Жаӊа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда аймақлардағы арнаўлы зоналардан ҳәм санаат кооперациясы имканиятларынан кеӊ пайдаланыў арқалы қосылымша қун шынжырын жаратыў зәрүрлиги көрсетип өтилди. Тармақ ҳәм аймақлар басшылары инвестиция мәселелерин шешиўде санаат тармақлары менен тығыз ислесиўи, тийкарғы итибарды аймақларда экономиканы диверсификациялаў, жаӊа жумыс орынларын көбейтиўге қаратыўы шәрт екенлиги атап өтилди.

Халықаралық қаржы институтлары қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларды өз ўақтында өзлестириў, усы қаржыларды тийкарғы түрде социаллық, инфраструктура ҳәм суў хожалығы жойбарларына бағдарлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, усы жылы грант қаржыларын тартыўды жеделлестирип, экология, қоршаған орталықты қорғаў, денсаўлықты сақлаў, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўларында сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди кеӊейтиў ўазыйпалары белгилеп берилди.

Мәжилисте “жасыл” энергетиканы раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде қуяш, самал ҳәм гибрид түрдеги электр станцияларын мәмлекетлик- жеке меншик шериклик тийкарында қурыў бойынша улыўма қуўатлығы 6,3 гигаватт болған 28 жойбар шеӊберинде жумыс алып барылмақта. Соннан 2023-жылы сырт елли инвесторлар менен биргеликте улыўма қуўатлығы 2,6 гигаваттлық 7 жойбар шеӊберинде дәслепки қуўатлықлар иске түсирилди.

Атап айтқанда, өткен жыл 27-декабрь күни мәмлекетимиз басшысыныӊ қатнасыўында өткерилген мәресимде Самарқанд, Жиззақ, Сурхандәрья, Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында бес қуяш фотоэлектр станциясы, Наўайы ўәлаятында самал электр станциясы қуўатлықлары тармаққа жалғанды.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай, Франция ҳәм Швейцария сыяқлы мәмлекетлердиӊ компаниялары менен биргеликте “жасыл” станциялар ҳәм энергия сақлаў системаларын қурыў бойынша 12 жойбар үстинде жумыс алып барылмақта.

Бүгинги мәжилисте өткен жылы басланған жойбарларды 2024-жылы толық жуўмағына жеткериў ўазыйпалары, келеси жыллары “жасыл” энергия ислеп шығарыў бойынша жаӊа қуўатлықларды жаратыў режелери додаланды.

2024-жылы қуяш электр станцияларыныӊ улыўмалық қуўатлылығын 2,6 гигаваттқа, самал электр станцияларыныӊ қуўатлылығын 900 мегаваттқа жеткериў ҳәм 400 мегаваттлық энергия сақлаў қурылмаларын иске түсириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы электр энергетика системасыныӊ турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде өзгериўшеӊ өндирис қуўатлықлары қосылыўын инабатқа алған ҳалда тармақларды раўажландырыў концепциясын ислеп шығыў ўазыйпасын қойды. Онда бар тармақларды модернизациялаў, жаӊа подстанциялар, узатыў тармақларын қурыў, заманагөй автоматластырылған қорғаныў системаларын, санластырылған басқарыў системаларын (SCADA/EMS) енгизиў, резерв қуўатлықлары ҳәм энергия сақлаўшы системалардыӊ тармақтағы үлесин көбейтиў илажларын белгилеў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Мәжилисте энергетика системасына тиккелей сырт ел инвестицияларын көбейтиў мәселесине тоқталып өтилди.

Энергетика тармағына инвестиция киргизип атырған тийкарғы бирге ислесиўшилер менен мәнзилли ислесиў ҳәм инвестициялық шерикликти және де кеӊейтиў мақсетинде Энергетика министрлигиниӊ бул бойынша жумысын жетилистириў тапсырылды.

Халықаралық тәжирийбе тийкарында аўыл хожалығы жерлеринде өним жетистириўшилер тәрепинен өз мүтәжликлери ушын қуяш панельлерин орнатыў ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыў – агровольтаика әмелиятын енгизиў имканиятын үйрениў ҳәм усы бағдарды қоллап-қуўатлаў бойынша анық усыныслар киргизиўге көрсетпе берилди.

ӨзА