2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қарар қабыл етилди

Өзбекстан Республикасы Президенти «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды турмысқа енгизиў, аймақларда, әсиресе, мәҳәллелерде социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы инвестиция орталығын жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен жәмийетшиликтиң пикири ҳәм халықтың тилеклери тийкарында 2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылды.
Қарар менен 2024-жылы социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыўдың тийкарғы параметрлери ҳәм 2025-2026-жыллар ушын мақсетли режелер;
2024-жылы социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў шеңберинде қаржыландырылатуғын бағдарлардың тийкарғы параметрлери;
2024-жылы социаллық ҳәм өндирислик инфраструктура объектлеринде жаңа қуўатлылықлар жаратыўдың мақсетли көрсеткишлери ҳәм 2025-2026-жыллар ушын мақсетли режелер;
2024-жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында объектлерди қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша мәнзилли дизимлер;
2024-жылы ҳәкимшилик, инженерлик-инфраструктура, айрықша әҳмийетли ҳәм категорияласқан объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша мәнзилли дизим;
2024-жылы ҳуқық қорғаў ҳәм қорғаныў объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша мәнзилли дизим;
2024-жылы арнаўлы экономикалық зоналар, киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары ҳәм ири өндирислик жойбарларын сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинлеў бойынша объектлердиң мәнзилли дизими;
2024-жылы жойбар алды ҳәм жойбар ҳүжжетлери ислеп шығылатуғын бюджет системасы бюджетлеринен қаржыландырылатуғын объектлер дизими тастыйықланды.
Президент қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары Бағдарламаның тийкарғы параметрлери, мақсетли көрсеткишлери ҳәм мәнзилли дизимлерин белгиленген мүддетлерде сапалы ҳәм толық әмелге асырыў, сондай-ақ, ажыратылған қаржылардың мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўын тәмийинлеў ушын жуўапкер есапланады.
ӨзА