Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2-январь күни қорғаныў қурылысы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерин раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилисте әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы ҳәм қәбилетин және де арттырыў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, бар қурал-жарақ үлгилерин модернизациялаў, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм Қураллы Күшлер әскерлерин социаллық қорғаў мәселелери додаланды.
Әскерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлығы, басқарыў уйымлары, бирлеспелер, қосылма ҳәм бөлимлер, жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарында орынланған жумыслар бойынша қорғаныў министриниң есабаты тыңланды.
Есабат дәўиринде жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында таярлаўға айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, мәҳәллелерде 24 мыңнан аслам илаж өткерилди, «Мәртлик мектеплери»ндеги оқыў жыйынларына 5 мыңнан аслам жаслар тартылды.
Әскерий қалашаларда «темир дәптер»ге кирген шаңарақлардың перзентлери ушын илим, спорт ҳәм көркем өнер түрлери бойынша дөгерек ҳәм секциялар шөлкемлестириў, оларды бригада командирлери ҳәм әскерий округ сәркардаларына бириктириў әмелияты жолға қойылды.
Жәми 580 нен аслам оператив-жаўынгерлик таярлық илажлары өткерилди, оларда Қураллы Күшлердиң 35 мыңнан аслам әскерий хызметкерлери қатнасты.
Әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў күшейтилди.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде әскерлердиң жаўынгерлик таярлық нәтийжелилиги, әскерий хызметкерлердиң профессионаллығы, жаўынгерлик руўхы ҳәм психологиялық таярлығы сезилерли дәрежеде артты.
Әскерий жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысында әскерий кадрларды алдынғы технологиялар тийкарында таярлаў бойынша жаңа система енгизилди.
Буннан тысқары, әскерий тараўды санластырыўға айрықша итибар қаратылды. Әскерлерди басқарыўдың заманагөй автоматластырылған системалары басқышпа-басқыш енгизилмекте, байланыс системалары жетилистирилмекте.
Мәжилисте миллий армияны заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий-техникалық мүлк пенен тәмийинлеў, әскерий санаат комплексин жетилистириў жумысларын даўам еттириў әҳмийетли екени көрсетип өтилди.
14-январь күни белгиленетуғын Қураллы Күшлер дүзилгениниң 32 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылар күнине бағышланған байрам илажларын жоқары дәрежеде таярлаў ҳәм өткериў мәселелери де көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қураллы Күшлер жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин арттырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берилди.
ӨзА