Сырт мәмлекетлер, парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары, белгили жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлери Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына кирип киятырған 2024-жыл мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар жолламақта.

Қутлықлаўларда мәмлекетимиз жетекшисиниң басшылығында Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар бағдарламасы табыслы әмелге асырылып атырғаны атап өтилген. Мәмлекетимиздиң прагматикалық сыртқы сиясаты жоқары нәтийже берип атырғаны, буның нәтийжесинде елимиздиң халықаралық абырайы артып атырғаны атап өтилген.

Сырт елли бирге ислесиўшилер Өзбекстанның көп миллетли халқына абаданлық, жаңа табыслар, тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирмекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Жақында Москваға әмелге асырған рәсмий сапарыңыз Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлардың беккемлигин толық тастыйықлады, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп алыў имканиятын берди.

Кирип киятырған жылда да конструктивлик сөйлесиў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда перспективалы еки тәреплеме жойбарларды әмелге асырыў бойынша биргеликтеги жумысларды, ҒМДА, ШБШ ҳәм басқа да көп тәреплеме жойбарларды структуралар шеңбериндеги ҳәрекетлердиң муўапықластырылыўын даўам еттиретуғынымызға исенемен. Бул, мәмлекетлеримиз пуқараларының тийкарғы мәплерине сәйкес екени, Евроазия мәканында қәўипсизлик, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў мақсетлерине жуўап беретуғыны гүмансыз.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шаңарағыңыз ағзалары ҳәм жақынларыңызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Кирип киятырған жаңа 2024-жыл мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиң!

Сизге беккем денсаўлық, аманлық ҳәм туўысқан Өзбекстан халқының абаданлығы жолында жаңа табыслар тилеймен.

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,

Қазақстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Кирип киятырған жаңа 2024-жыл менен қызғын қутлықлайман!

Жуўмақланып атырған жыл Қырғызстан – Өзбекстан қатнасықларында жедел раўажланыў жылы болды. Ушырасыўларымыз нәтийжесинде келисимлерге ерисилди ҳәм биргеликте жойбарлар әмелге асырылмақта.

Қырғыз-өзбек дослығы ҳәр қашанғыдан да беккем болады, тығыз қатнасықлар ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў күшейип бара беретуғынына исенимим кәмил.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен Қырғызстан – Өзбекстан қатнасықлары буннан былай да туўысқан халықларымыздың мәплери жолында беккемленип баратуғынына ҳәм избе-из раўажланатуғынына исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысыңызда үлкен табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тилеймен!

Ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Қәдирли Шавкат Миромонович!

Кирип киятырған жаңа 2024-жыл мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз!

Жуўмақланып атырған 2023-жыл Тәжикстан – Өзбекстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында унамлы раўажланыў пәтин сақлап қалғанымызды атап өтиўден қуўанышлыман.

Бүгин биргеликтеги избе-из ҳәрекетлер себепли Тәжикстан ҳәм Өзбекстан қатнасықлары дос халықларымыздың тийкарғы мәплерине сәйкес ҳалда бирге ислесиўдиң түрли тараўларында жаңа әмелий мазмун менен байымақта.

Оған көп тәреплеме исенимге тийкарланған турақлы сөйлесиўимиз, мәмлекетлеримиз арасындағы жоқары дәрежедеги турақлы байланыслар хызмет етпекте.

Болажақ 2024-жылы Тәжикстан Республикасына сапарыңыз қоңсы мәмлекетлеримиз арасындағы мәмлекетлераралық сөйлесиўлердиң конструктивлик раўажланыўына сапа жағынан жаңа пәт бағышлайтуғынына айрықша исенемен.

Жаңа жыл алдынан Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шын жүректен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен!

Ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Кирип киятырған жаңа 2024-жыл мүнәсибети менен ең қызғын ҳәм жыллы қутлықлаўларымды қабыл етиң.

Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм барлық жумысларыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Жаңа жыл бәршемизге тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў алып келсин!

Ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди кирип киятырған Жаңа жыл менен қызғын қутлықлайман!

Жаңа 2024-жыл бәршемиз ушын бахытлы, абадан ҳәм раўажланыў жылы болсын!

Терең ҳүрмен пенен,

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркмен халқының миллий жетекшиси,

Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди кирип киятырған 2024-жыл менен қызғын қутлықлайман ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим, улыўма тарийхый ҳәм мәдений тамырларға, туўысқанлық байланысларына қурылған Әзербайжан – Өзбекстан қатнасықлары жуўмақланып атырған жылы ҳәр тәреплеме раўажланды. 2023-жылы Сизиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапарыңыз ҳәм еки әмелий сапарыңыз ҳәм мениң туўысқан Өзбекстанға әмелий сапарым, буннан тысқары, көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги сөйлесиўлеримиз ҳәм келисимлеримиз стратегиялық шериклигимиздиң және де тереңлесиўине, бирге ислесиўимиздиң жаңа мазмун менен байыўына хызмет етти.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы дәстүрий дослық қатнасықлар, ҳәм еки тәреплеме, ҳәм халықаралық структуралар шеңбериндеги нәтийжели бирге ислесиўимиз 2024-жылы да туўысқан халықларымыз абаданлығы жолында кеңейип, беккемленип баратуғынына исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович,  Сизге ҳәм барлық шаңарақ ағзаларыңызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, мәмлекетлик жумысыңызда жаңа табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса мәңги тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳам АЛИЕВ,

Әзербайжан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Жаңа жыл мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиң.

Жуўмақланып атырған жыл халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли ўақыяларға бай болды ҳәм ҳәр қандай қыйыншылықларды тек ғана биргеликте жеңип өтиў мүмкин екенин дәлийлледи.

Кирип киятырған жыл Беларусь Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиў дәстүрлерин беккемлейтуғынына, мәмлекетлеримиздиң түрли форматлардағы бирге ислесиўин жаңа салмақлы нәтийжелер менен байытатуғынына исенимим кәмил.

Шын жүректен Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм ойлаған барлық режелериңиздиң әмелге асыўын, мәмлекетиңиз халқына болса тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм турақлылық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Александр ЛУКАШЕНКО,

Беларусь Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Кирип киятырған Жаңа 2024-жыл мүнәсибети менен Сиз Уллы Мәртебели Мырзаға, дос Өзбекстан ҳүкимети ҳәм халқына ең жақсы қутлықлаўларым ҳәм қызғын тилеклеримди жоллаўдан қуўанышлыман.

Келеси жыл және де нәтийжели болатуғынына исеним билдирип, улыўма ҳәрекетлеримиз бенен әдиллик ҳәм теңлик үстин болған, апатшылық ҳәм келиспеўшиликлерсиз дүньяда жасаўдан үмитдармыз.

Барлық халықлар арасында абаданлық ҳүким сүретуғын дүньяға қарай умтылыўларымыз арқалы глобаллық тынышлық, қәўипсизлик ҳәм климат өзгериўи сыяқлы машқалаларға анық шешим табыў бизиң улыўма миннетимиз болып табылады.

Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент Мырза, мәмлекетлеримизди байланыстырып туратуғын еки тәреплеме қатнасықларымыз келешекте де беккемленип, жаңа жыл халықларымыздың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўымыз, жоқары шеклерди ийелеўимизде әўметли болады деп, үмит етемен.

Сиз Уллы Мәртебелиге ең жақсы тилеклеримди жоллап, Жаңа жыл халқыңызға раўажланыў, табыс ҳәм бахыт-ығбал алып келиўин сорап қаламан.

Жаңа жыл мүбарек болсын!

Ҳүрмет пенен,

Абдулфаттоҳ ас-СИСИ,

Египет Араб Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Сизге ҳәм дос Өзбекстан халқына кирип киятырған Жаңа жыл мүнәсибети қызғын қутлықлаўымды қабыл еткейсиз. Беккем денсаўлық, аманлық, бахыт-ығбал ҳәм барлық жақсылықларды тилеймен.

Монголия ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанынан берли өткен 30 жылдан аслам дәўир даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий дослық қатнасықлар ҳәм бирге ислесиў турақлы раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық бағышлайды. Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў, экономикалық бирге ислесиўди әмелий мазмун менен байытыў, регионаллық ҳәм халықаралық дәрежедеги бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм раўажландырыўда Сиз Уллы Мәртебели Мырза менен биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттириўден қуўанышлыман.

Ҳүрметли Президент мырза, жақын достым, еки мәмлекет қатнасықларында жаңа тарийхый бет ашыў ушын жақын келешекте Сиз бенен ушырасамыз, деп үмит етемен ҳәм пурсаттан пайдаланып, Сиз ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық, 2024-жылы табыс ҳәм әўмет тилеп қаламан.

Терең ҳүрмет пенен,

Ухнагийн ХУРЭЛСУХ,

Монголия Президенти,

***

Сондай-ақ, төмендегилер де өз қутлықлаўларын жоллаған:

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин;

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев;

Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян;

Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёль;

Япония Бас министри Фумио Кисида;

Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий;

Сингапур Республикасының Бас министри Ли Сянь Лун;

Германия Федераллық Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер;

Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығының Бас министри Риши Сунак;

Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла;

Венгрия Президенти Каталин Новак;

Венгрияның Бас министри Виктор Орбан;

Норвегия Патшасы Харальд V;

Греция Республикасы Президенти Катерина Сакелларопулу;

Польша Республикасы Президенти Анджей Дуда;

Сан-Марино Республикасының капитан-регентлери Филиппо Таманьини ҳәм Гаэтано Троина;

Молдова Республикасы Президенти Майя Санду;

Украина Президенти Владимир Зеленский;

Россия Федерациясы Федераллық Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко;

Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин;

Қытай Халық Республикасы Халық сиясий мәсләҳәт кеңесиниң баслығы Ван Хунин;

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри шейх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян;

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Чжан Мин;

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев;

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев;

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Хусрав Нозирий;

Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Хусайн Иброҳим Тоҳа;

Арқа Атлантика шәртнамасы шөлкеминиң бас хаткери Йенс Столтенберг;

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық ассамблеясы кеңесиниң бас хаткери Дмитрий Кобицкий;

БМШ Бас хаткериниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили, Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайдың баслығы Каха Имнадзе;

Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң президенти Цзинь Лицюнь;

Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық фондының президенти Альваро Ларио;

Халықаралық Олимпиада комитетиниң президенти Томас Бах;

Халықаралық дзюдо федерациясы президенти Мариус Визер;

Москва ҳәм Пүткил Рус патриархы Кирилл.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.