«Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда Жаңа Өзбекстан – жаңа социаллық реаллық сыпатында   

728

 

Ҳәзирги дәўирдиң талапларынан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2024-жылды Өзбекстанда «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияланды. Президентимиз өзиниң Жаңа жыл менен халқымыз ҳәм жасларымызды қутлықлаў сөзинде «Инсан – қәдирин улығлаў, халқымыздың мәплерин тәмийинлеў, буның ушын күшли экономиканы раўажландырыў бизиң тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады», – деп атап өтти.

Заманагөй социаллық реаллық барған сайын қурамаласып, оны изертлеўде дәстүрий көзқараслар адекват болмай қалды. Енди бундай қурамалы социаллық реаллықты жаңаша методологиялық көзқараслар тийкарында изертлеўди талап етпекте. Бүгинги күнде Өзбекстанда жүз берип атырған социаллық процесслер, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанды қәлиплестириўдиң теориялық-философиялық аспектлерин таллаў усы жаңа сапаны раўажландырыўдың теориялық модели болып хызмет етеди.

2024-жыл «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда Жаңа Өзбекстанның жаңа социаллық реаллық сыпатында қәлиплесиўине тийкар болатуғын факторларды, сондай-ақ жаңа аттракторды табыўдың айырым мәселелериниң илимий-теориялық аспектлерин таллаймыз. Аттрактор сөзи англичан тилинен «өзине тартыў», «өзине қаратыў», «өзине енгизиў» деген мәнислерин билдиреди.

Жаңа Өзбекстанның жаңа социаллық реаллық сыпатында қәлиплесиўиниң тийкарғы принциплери сыпатында биз төмендегилерди атап өтемиз: сапалы билимлендириў, жуўапкершилик, сөз бенен истиң бирлиги, ўатанды сүйиўшилик, пуқаралық позиция, жәмийетлик қадағалаў, инсан капиталы, инсанның қәдирин улығлаў, қәдириятлар үстинлиги ҳ.т.б. Жаңа Өзбекстанды қурыў биринши гезекте, билимди модернизациялаў менен тығыз байланыслы.

«2023 жыл елимиз ушын берекетли ҳәм әўметли келди. Ең әҳмийетлиси, елимизде тынышлық, ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери арасында дослық ҳәм аўызбиришилик ҳүким сүрмекте», – деп атап өтти Президентимиз.

Тарийх – бул өтмиштеги сиясат, ал бүгинги алып барылып атырған сиясатта тарийхқа айланып бара береди. Илимдеги тарийхыйлық принципине тийкарланып айтатуғын болсақ, 2022-жылы 20-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына мүрәжаты усынылды. Президентимиз 2023-жылды елимизде “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы” деп жәриялады. Президентимиздиң бул усынысы халқымыз, әсиресе, жасларымыз тәрепинен толық қоллап-қуўатланды. Себеби, халқымыз ҳәм жасларымыздың абадан, тыныш ҳәм бахытлы турмыс кешириўи, әлбетте, билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға байланыслы. Билимниң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанның жаңа социаллық реаллық сыпатында раўажланыўының бирден-бир дурыс жолы болып есапланады.

Әлбетте, Жаңа Өзбекстанның жасларында билимге талабы күшли болса ғана жәмийетимизде билим қәдириятқа ҳәм диалектикалық көз қарастан билим сапалы билимге айланады. Жәмийетимизде билим қәдириятқа айланыўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жасларымызға сапалы билим ийелеўинде жоқары дәрежеде имканиятлар жаратылған. Жаңа Өзбекстанды жаңа социаллық реаллық сыпатында қурыўда сапалы билимниң орны үлкен. Сапалы билим көз қарасынан жасларымыз руўхый жақтан жетилиспесе, онда ержеткен болып есапланбайды. Себеби, сапалы билим арқалы жасларымыз руўхый жақтан жетилиседи ҳәм ержеткен болып есапланады.

Президентимиздиң 2024-жылды «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәриялаўындағы атап өткен креатив идеяларын, белгилеп берген ўазыйпаларды соның менен бирге, Жаңа Өзбекстанды жаңа социаллық реаллық сыпатында жәмийеттиң төмендеги 3 нызамлары менен, сондай-ақ, жәмийетлик сана ҳәм жәмийетлик болмыстың өз-ара байланыслығы арқалы таллаймыз. Жәмийетлик сана деп жәмийетлик болмысты сәўлелендиретуғын сезимлердиң, көз қараслардың, идеялардың бир пүтин системасына айтылады. Жәмийетлик болмыс пенен жәмийетлик сана арасындағы өз-ара байланыс төмендегише:

  1. Жәмийетлик болмыс өзиниң раўажланыў барысында ең соңында жәмийетлик сананы анықлайды.
  2. Жәмийетлик сана жәмийетлик болмысты сәўлелендиреди.
  3. Жәмийетлик сананың салыстырмалы өз бетинше ғәрезлиликке ийе болыўы.

Жәмийеттиң биринши нызамы бойынша жәмийетимиздиң ҳәр бир ағзасы Жаңа Өзбекстанның социаллық реаллығын жәмийетлик болмыс сыпатында қабыл етиў шәрт. Жәмийеттиң екинши нызамы бойынша жәмийетлик санамыз жәмийетлик болмысымыздағы Жаңа Өзбекстанның социаллық реаллығын дурыс сәўлелендириўи керек. Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған барлық реформалар жәмийетлик болмысымыздың тийкарғы ажыралмас бөлегине айланса ғана, жәмийетлик санамыз жәмийетлик болмысымызды дурыс сәўлелендирсе, Жаңа Өзбекстанның қурылыўына тийкар болып хызмет етеди. Бунда, әсиресе, социаллық реаллықты жәмийетлик ҳақыйқатлыққа айландырыў ушын жаратылған жәмийетлик имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў арқалы, инсан капиталын раўажландырыў, инсанның қәдирин улығлаў, барлық ис-ҳәрекетлеримиздиң жоқары руўхыйлыққа тийкарланыўы, сөз бенен истиң бирлиги болса ғана, Жаңа Өзбекстанның реал тийкарлары жаратылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьде «Өзбекстан – 2030» стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-158-санлы пәрманы қабыл етилди. Усы пәрман менен Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде топланған тәжирийбе ҳәм жәмийетшиликтиң талқылаўының нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы тастыйықланды. Демек, Президентимиздиң Өзбекстанда 2024-жылды «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәриялаўындағы тийкарғы мақсетлериниң бири «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген 5 бағдар ҳәм 100 мақсетлерди толық әмелге асырыўдың логикалық даўамы болып есапланады.

Пәрманда «Өзбекстан – 2030» стратегиясының тийкарғы идеялары төмендегише сәўлеленген:

Турақлы экономикалық өсиў арқалы дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлердиң қатарынан орын алыў;

Халықтың талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын раўажландырыў;

Халық ушын қолайлы экологиялық шараятларды жаратыў;

Халық хызметиндеги әдалатлы ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў;

Мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 11-сентябрьде қабыл етилген “Өзбекстан – 2030” стратегиясын 2023-жылы сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ–300-санлы қарары қабыл етилди.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы 5 тийкарғы бағдар ҳәм 100 мақсеттен ибарат.

  1. Ҳәр бир инсанға өзиниң потенциалын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў; (1-44 мақсетлер).
  2. Турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў; (45-61 мақсетлер).
  3. Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў; (62-73 мақсетлер).
  4. Нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў; (74-89 мақсетлер).
  5. «Қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет» принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў. (90-100 мақсетлер).

Президентимиз 2024-жылы «Жаңа жылда экономикамызға сырт ел инвестицияларын тартыў, исбилерменлик ҳәм жеке мүлк ушын кең имканиятларды жаратыўды және де күшейтемиз. Илим, инновация, IT сыяқлы тараўларды, «жасыл» ҳәм санлы технологияларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз», – деп атап өтти. Ҳақыйқатында да, XXI әсирге келип, санаат революциясы IT-технологияларының раўажланыўы нәтийжесинде санлы дәўир басланды. Бүгин әййемги грек философы Пифагордың “дүньяның тийкары – бул санлар”, “барлық нәрселер – санлар болып есапланады” деген идеясы ҳақыйқатлыққа жоқары дәрежеде жақын екенлиги бақланбақта.

Ҳәзирги күнде инсан жумысының барлық көплеген тараўларына санластырыў процесслери кирип келди. Бир сөз бенен айтқанда, санлы парадигма раўажланыўдың жаңа парадигмасы сыпатында тән алынбақта. Бул бойынша алымлар санлы парадигманың, санластырыўдың ҳәр қыйлы көплеген аспектлерин үйренбекте.

Бүгин Өзбекстанда санлы парадигма тийкарында раўажланыў тенденциясын анық белгилеп, нәтийжеде “Санлы Өзбекстан – 2030” концепциясын ислеп шықты. Усы концепцияда санластырыўдың жәмийеттиң барлық тараўларына, сондай-ақ, сиясат, ҳуқық, экономика, медицина, билимлендириў, мәденият, туризм ҳәм басқа системаларға кирип барыўы тийкарланып берилген.

Президентимиз өз сөзинде 2024-жылы «Жаңа жумыс орынларын жаратыў, халқымыздың дәраматларын арттырыў итибарымыздың орайында болады. Мийнет ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақалардың муғдары арттырылады. Ҳаял-қызлар ҳәм нураныйларды, жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет беремиз. Социаллық тараўлардың раўажланыўын жаңаша басқышқа көтеремиз». «Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, Қураллы күшлеримиздиң әскерий потенциалың арттырыў тийкарғы ўазыйпамыз болады. Жаңа турмысты, Жаңа Өзбекстанды қурыў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды толық әмелге асырамыз», – деп атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өткен 2023-жылдың жуўмақлары туўралы, былай деди: «Өмир бар екен, оның жетискенлиги ҳәм қуўанышлары, тәшўиш ҳәм машқалалары да болыўы тәбийғый. Бирақ инсан ҳәм халықтың ақыл парасаты, ҳадал мийнети, беккем ерк-ықрары менен ҳәр қандай сынақлардан мүнәсип өтиўге ылайық».

Соның менен бирге, «Биргеликтеги мийнетлеримиз себепли Жаңа Өзбекстан әрманы реал ҳақыйқатқа айланбақта. Барлық ерискен жетискенликлеримиз ушын сиз, әзиз ўатанласларымызға, шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен», – деди Президент.

Санлы экономиканы раўажландырыў жолын таңлаған мәмлекетлер өз пуқараларының азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге, әсиресе, билимлендириў тараўын басқарыў системасы менен тығыз алып барыўына имканият жаратады. Демек, қайсы бир мәмлекет жасларының билим алыўына көп қәрежет ажыратса, сол мәмлекетте келешекте инновациялық пикирлейтуғын жаслардың қатары кеңейип, жәмийетке көп пайда келтиретуғынлығын ҳәзирги дәўирдиң өзи дәлийллеп берди. Бүгин пүткил инсаният санлы раўажланыў басқышын нызамлы басып өтип атырған екен, жаңаланып атырған Өзбекстанда глобал раўажланыў системасы менен тығыз байланыста раўажланыўды талап етеди. Бул, өз гезегинде, Жаңа Өзбекстанның социаллық реаллығын санлы парадигма негизинде өзгертиў дәўир талабы екенлигин аңлатады.

Жуўмақластырып айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2024-жылды Өзбекстанда «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәриялаўы мүнәсебети менен билдирген креатив ҳәм прагматик идеялары социаллық имканият сыпатында Жаңа Өзбекстанның жаңа социаллық реаллыққа айланыўы ҳәм социаллық мәмлекетти қурыўда методологиялық стратегия  болып хызмет етеди.

Жаңа социаллық реаллықты қәлиплестириўде дүньяға жаңаша көз қарас, жаңаша пикирлеў, жаңаша ойлаўды талап етеди. Бундай жаңа сапаны қурыўда инсан капиталы, билим ҳәм инновациялар зәрүрли әҳмийетке ийе. Жаңа Өзбекстан жаңа аттракторды (раўажланыў мақсети) аңлатар екен, бул аттрактордың әмелге асырылыўы, дана халқымыз айтқанындай, “мақсет анық болса, мәнзиллер жақын болады” деген өмирлик ҳақыйқатта өз тастыйғын табады.

С.Сулайманов,

 тарийх илимлериниң докторы (DSc), доцент.

А.Оразбаев,

философия илимлери бойынша философия докторы (PhD).

Қарақалпақстан хабар агентлиги.