Армиямыз – мақтанышымыз
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимлеринде хызмет етип атырған бир топар әскерий хизметкерлер Хожели районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып, ўатансүйиўшилик үгит-нәсият илажын өткерди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Өзбекстан халқына жаңа жыл қутлықлаўында «Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады» деген еди.
Илажда атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң барлық тараўларын қамтып алып атырған реформалар, Жаңа Өзбекстанды қурыў ушын ҳәрекетлер елимизде әскерий хызметтиң абырайын, жасларымыз кеўилинде армиямыз бенен мақтаныў ҳәм Ўатан қорғаўшысындай уллы кәсипке ҳүрмет сезимин күшейтиўге хызмет етпекте.
Илаж даўамында подполковник О.Мадолимов ҳәм майор А.Акрамовлар шығып сөйлеп, мектеп оқыўшыларына Қураллы Күшлер тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, әскерлеримиз ушын жаратылған мүмкиншиликлер, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы «Жас шегарашы» академиялық лицейи ҳаққында мағлыўматлар берилди. Бул оқыў дәргайындағы оқыў системасы ҳәм оқыўшыларға жаратылған имканиятлар, питкериўшилерге берилетуғын жеңилликлерге тоқтап өтип, Ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери ҳаққында пикир алысыўлар болды.
Илаж шеңберинде жасларға шегарашылар тәрепинен әскерий қурал-жарақ көргизбеси қойылып, оқыўшыларға оқ атар қуралын бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў бойынша әмелий түсиниклер берилди.




Илаж даўамында оқыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги