Пүткил жер жүзилик бокс ассоциациясы (WBA) өткен жылдың декабрь айы жуўмағы бойынша боксшилердиң жаңаланған рейтингин жәриялады.

Бул рейтингте өзбекстанлы 4 боксши 1-орынды ийелеп турғаны мәлим болды. Улыўма алғанда елимиздиң 7 боксшиси рейтингтиң жоқары орынларында келмекте. Атап айтатуғын болсақ, Муроджон Аҳмадалиев биринши ярым жеңил салмақта, Отабек Холматов ярым жеңил салмақта, Шаҳрам Ғиёсов ярым орта салмақта, Исроил Мадримов супер ярым орта салмақта жетекшилик етпекте.

Ал, минимал салмақта бокске түсип жүрген Ҳасанбой Дўстматов екинши, супер орта салмақта Бектемир Мелиқўзиев алтыншы, супер жеңил салмақта Ботир Аҳмедов 8-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы