Балаларға жаңа жыл ертеги
315

Жаңа жыл байрамы қуўанышлы, сыйқырлы, әлбетте, саўғаларға бай байрам болғанлықтан, әсиресе, бул байрамды балалар жақсы көреди.
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерий бөлимине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде хызмет етип атырған тынышлығымыз сақшылары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәдений дем алысын тәмийинлеў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди.
Олар ушын Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Жаңа жыл ертеклери» атамасындағы ертек спектакли театр жәмәәти тәрепинен сахналастырылды.




Бул сахналы көринисте жақсылық ҳәм саўап ис сәўлеленген ертек тамашагөйлер нәзерине усынылып, байрам илажы көтериңки кейпиятта болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги