Заманагөй мектеп ҳәм балалар бақшасы бой тикледи

Мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде оларға заман талабына сай билим бериў, талант ҳәм уқыпларын жүзеге шығарыў бойынша оғада көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ең баслысы, жасларға болған итибар бүгин мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.
Ҳүрметли Президентимиздиң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен республикамыздың Қараөзек, Кегейли ҳәм Қанлыкөл районында «Жаңа Өзбекстан» массиви қурылысы басланған еди. Жаңа турақ жайлар менен бирге массивтиң инфраструктурасын толық тәмийинлеў, социаллық объектлерди қурыў да режеде белгиленген.
Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қанлыкөл районында 15 млрд. 177 млн. сум қаржы ажыратылып, жаңа массивте 330 орынлық жаңа мектеп, спорт зал, универсал спорт майданшасы ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурып питкерилди.
Бул социаллық обьектлерди балалардың заманагөй тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Ең баслысы, Президентимиздиң итибары менен балалар ушын және бир заманагөй билим дәргайы бой тикледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги