Қәдирли ўатанласлар!

Әзиз дослар!

Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта.

Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде жасларымызға, исбилерменлеримизге бурын болмаған имканиятлар жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Атап айтқанда, жуўмақланып атырған жылда 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сўмнан, жәми 226 миллиард сўм қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сўмлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа
20 миллиард сўм қаржы ажыратылғанын, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып ѳтсек болады.

Сондай-ақ, изде қалып баратырған жылда халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келип, халқымызды турмыстан разы етиўге тийкар болмақта.

Сѳзимизге мысал ретинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сўмлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сўмлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.

Сондай-ақ, жуўмақланған жылда Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен
58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.

Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында
3,1 триллион сўмлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды.

Әлбетте, булардың барлығы елимизде “Инсан қәдири ушын” деген идея астында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң әмелий кѳриниси саналады.

 

Қәдирли ўатанласлар!

Кирип киятырған Жаңа жыл өзинде тағы да жоқары мақсет ҳәм ўазыйпаларды жәмлеп, бәршени уллы ислерге басламақта.

Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаӊарақларға жәрдем көрсетиў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып қала береди.

Дөретиўши халқымыз мине усындай жуўапкерли ўазыйпаларды әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосатуғынына, елимиздиң тәғдири ҳәм оның келешеги жолындағы саўаплы ислерге белсене қатнасатуғынына беккем исенемиз.

Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!

Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!

Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!

Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!

 

 

Аманбай ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы