Аймақ балаларына байрам саўғасы

Нөкис қаласы “Қос көл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында “Нурлы бостан” мәмлекетлик-жеке меншик шерикшилик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкеминиң 100 орынға мөлшерленген имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯи министри Г.Қожабаева аймақ турғынларын жаңа имараттыӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады. Илажда бүгинги қүнде елимизде билимлендириў тараўын раўажландырыўға, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, жаратылған имканиятлар ҳәм шараятларға тоқтап өтилди.
Буннан соң имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшыларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Жаңа бақша имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы аймақ балаларына Жаңа жыл байрамы алдынан айрықша саўға болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.