Қайтыс болған бажыханашылардыӊ перзентлерине “Президент саўғасы” тапсырылды

326

Жаӊа жыл байрамы мүнәсибети менен “Меҳрийбанлық үйи” тәрбияланыўшыларына, ата-ана қарамағысыз қолған, Ўатан тынышлығын қорғаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң балалары, социаллық жәрдемге мүтәж шаӊарақлардыӊ перзентлерине берилген “Презиент саўғасы” айрықша қуўаныш бағышламақта.

Мәмлекетимиздиӊ экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў жолында бажыхана уйымларында хызмет етип, қаҳарманларша қайтыс болған мәрт бажыханашылардыӊ перзентлери ушын  10 дана “Президент саўғасы” Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасыныӊ жуўапкер басшылары тәрепинен өз ийелерине тапсырылды.

Тараў хызметкерлери бажыхана тараўында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған Т.Ордабаев, И.Матекеев, А.Көбейсинов  ҳәм А.Баймуратовтыӊ шаӊарақларында болып, олардыӊ жақынларынан хабар алды. Өткенлердиӊ руўхына қуран оқылып, олардыӊ перзентлерине “Президент саўғасы” тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.