Арнаўлы категориядағы жаслар итибарда

347

Бажыхана уйымларына бириктирилген “арнаўлы категория”дағы итибарға мүтәж жаслардыӊ ҳәр бирине нызам шеӊберинде социаллық-экономикалық, психологиялық әмелий жәрдем берилип, машқалаларына шешим табылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына бириктирилген Хожели районында жасаўшы Азиза Сәрсенбаеваға көзиндеги “жоқары дәрежедеги узақты көре алмаслық, еки көзиниӊ қыйын узақты көре алмаслық астигматизми” диагнозы қойылғанлығы себепли, көриў қәбилети төменлеп кеткен еди.

Бажыхана хызметкерлериниӊ қайырлы басламасы менен Азизаныӊ еки көзине де операция исленип,  көриў қәбилети тикленди. Арнаўлы категориядағы жасларға берилип атырған итибар ҳәм шараятлардан өнимли пайдаланған ҳалда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетиниӊ студенти болыў бахтына миясар болды.

Азизаныӊ умтылыслары, берилген имканияттан нәтийжели пайдаланғаны есапқа алынып, бажыха комитетиниӊ баслығы  А.Мавлоновтыӊ басшылығында усы жылдыӊ  21-декабринде болып өткен “Жаслар форумы”нда ол бажыхана уйымларыныӊ баҳалы саўғасы, “қол сааты” менен сыйлықланды.

Жаӊа жыл байрамы алдынан Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығыныӊ орынбасары О.Қадиров жуўаплы ўәкиллер менен биргеликте оған усы саўғаны салтанатлы жағдайда тапсырды. Жасларға бундай  итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Буннан кейин бажыхана хызметкерлери Хожели районындағы Таскөпир мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы, арнаўлы категорияға киргизилген 9-класс оқыўшысы Ақмарал Худайбергенованы байрам менен қутлықлады. Оныӊ жақсы билим алыўы ушын тийисли мәкемелер менен биргеликте төлемли  оқыў курсларына қатнасыўына имканият жаратылып берилди. Сәўбетлесиў барысында оныӊ машқалалары тыӊланды.

Кирип киятырған байрам алдынан жасларға бажыхана уйымларыныӊ баҳалы естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.