“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлиминиң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен қаржыландырылған “Абат мәҳәллем” грант жойбары шеӊберинде улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында “Ғәрезсиз елимниң абат мәҳәллеси” темасында шығармалар таӊлаўы өткерилди.
Жойбардың тийкарғы мақсети, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талаплары бузылыўының алдын алыў, оны анықлаў ҳәм шек қойыў, тәбиятты қорғаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға үлес қосыў, жәмийетлик экологиялық қадағалаўды әмелге асырыў, халықтың экологиялық билимлерин жетилистириў, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў болып табылады. “Жайҳун илҳамлары” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген таңлаў қатнасыўшылары өзлериниң экологиялық билимлерин көрсетти.
Шығармалар таӊлаўыныӊ жуўмағында райондағы 71-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 11-класс оқыўшысы Ҳулкарой Абдураҳмонова “Темаға байланыслы айқын пикирлери ушын” биринши орынға, 45-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы Латофат Ҳайдарова “Еӊ жақсы қайырлы үгит-нәсияты ушын” екинши орынға, 48-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы Ҳулкарой Юсупова “Жеке пикирин айқын билдире алғаны ушын” үшинши орынға мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ 86-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы Сурайё Жумамуратова, 50-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 8-класс оқыўшысы Шаҳзода Тажибаевалар белсене қатнасқаны ушын номинациясы жеӊимпазы болды.
Жеӊимпаз ҳәм белсене қатнасқан оқыўшылар “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги