Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Түркменстанда болады

22

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 11-12-декабрь күнлери әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.

Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз жетекшиси Түркменстанның турақлы бийтәреплиги жәрияланғанының 30 жыллығы, Халықаралық бийтәреплик күни және 2025-жыл “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” деп жәрияланғанына бағышланған халықаралық форумда қатнасыўы нәзерде тутылған.

Ашхабад қаласында болып өтетуғын илажда сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасады.

Өзбекстан Республикасы Президенти форумның “Тынышлық ҳәм исеним: турақлы келешек жолындағы мақсетлердиң бирлиги” атамасындағы жалпы сессиясында шығып сөйлейди.

Саммит шеңберинде Өзбекстан басшысы бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар да өткереди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги