Коррупцияға қарсы гүресиў – жәмийет саламатлығына әҳмийетли қәдем

9-декабрь – “Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни” мүнәсибети менен Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллери ҳәм орайдың медицина хызметкерлери қатнасты.
Илажда Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас юрисконсульты Жийенбай Алланиязов ҳәм басқалар елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў, жәмийетшилик арасында оның унамсыз ақыбетлери ҳәм нызамда белгиленген жаза нормалары ҳаққында толық мағлыўматлар берип, қатнасыўшыларды бундай иллетлерден аўлақ жүриўге шақырды.
Сондай-ақ, ҳәр бир медицина хызметкери өз жумысы даўамында кәсиплик этикаға, ҳадаллық ҳәм ашық-айдынлық принциплерине қатаң әмел етиўи ҳаққында да сөз болды.

Өткерилген илажда филиал хызметкерлери нызамшылығымызға енгизилген жаңа өзгерислер ҳаққында сораўлар берип, оларға жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги