Конституция – әдиллик өлшеми ҳәм мәмлекетшилик турақлылығының беккем тийкары

17

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 8-декабрь — Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн ҳәм Бас нызамымыздың 33 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы суды судьясының аға жәрдемшиси И.Мустафаев, филиал басшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Илажды филиал директоры А.Есимбетов алып барды.

Атап өтилгениндей, Конституция мәмлекеттиң сиясий-ҳуқықый раўажланыўында айрықша орын ийелеп, мәмлекет ҳәм пуқаралар арасындағы жуўапкершиликли қатнасықлардың беккем нормативлик тийкарын белгилеп береди. Бас нызам мәмлекеттиң ҳуқықый көринисин белгилеп беретуғын тийкарғы нормативлик ҳүжжет сыпатында улыўмахалықлық тилеклеслик, инсаныйлық принциплери ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Нызам үстинлигин тәмийинлеў мәмлекетлик басқарыўдың тийкарғы бағдарларынан бири болып, бүгинги нәтийжелер әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин айқын көрсетпекте.

Илаж даўамында студент-жаслар тәрепинен ҳуқықый билимлерди және де тереңлестириў, Конституцияда белгиленген нормаларды турмыс философиясы сыпатында қабыл етиў зәрүрлиги бойынша пикирлер билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги