Улуғбек Мустафоев Жиззақ ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды

Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясында шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Президентимиз Жиззақ ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып киятырған Улуғбек Мустафоевтың кандидатурасын алға қойды.
Халық депутатлары ҳәм ўәлаяттың белсендилери талабан ҳаққында пикирлерин билдирди. Буннан соң ўәлаят ҳәкимин тайынлаў мәселеси даўысқа қойылды.
Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Улуғбек Мустафоев Жиззақ ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа ҳәким билдирилген исенимди ақлап, келеси жылы ўәлаятқа 4,5 миллиард доллар сырт ел инвестициясы алып келиў, экспортты 500 миллион долларға жеткериў, 175 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў, 15 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында тынымсыз ислеўи керек екенлигин көрсетип өтти.
ӨзА