Бюрократияны сапластырыўға бағышланған халықаралық форумда Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик басқарыўды заман талапларына сәйкес түрде жаңалаў, артықша ҳәкимшилик тосқынлықларды қысқартыў ҳәм пуқаралар және бизнес ушын қолайлы мәмлекетлик хызметлер экосистемасын жаратыўға қаратылған әҳмийетли басламаларды алға қойды

35

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей:

– соңғы жылларда бюрократияны қысқартыў бойынша 9 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди, Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир портал ҳәм “Санлы ҳүкимет” системалары енгизилиўи нәтийжесинде мәмлекетлик хызметлер саны 444 тен 1 040 қа шекем артты, көрсетилген хызметлер көлеми 55 миллионнан артты;

– 90 нан аслам проактив ҳәм композит хызметлер енгизилди, атап айтқанда, туўылыў менен байланыслы хызметлердиң бирден-бир пакетте көрсетилиўи ҳәр жылы 1 миллион пуқараға қолайлық жаратпақта, социаллық напақалар ҳәм пенсия тайынлаў процеси автоматластырылды;

– 30 түрдеги хызмет реал ўақытта көрсетилди, усы жылы 8 миллионға шамалас хызмет автомат түрде көрсетилмекте, электрон ҳүжжет айланысы есабынан халықтың жылына 23 миллиард сум қаржысы үнемленбекте;

– бизнес ушын шараятларды жеңиллестириў мақсетинде 160 тан аслам лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етилди, 150 ден аслам руқсатнама электрон түрде берилмекте, 140 түрдеги ҳүжжет ҳәм мағлыўмат талап етиў бийкар етилди; “Бизнести 15 минутта баслаў” принципи арқалы исбилерменликти онлайн дизимнен өткериў имканияты жаратылды.

Қарақалпақстан хабара агентлиги